
Усы жылдың апрель айының басларында дүньяның ең бай адамларының бири болған, келип шығыўы Өзбекистаннан болған Алишер Усманов коррупцияда айыплағаны ушын россиялы оппозиционер Алексей Навальнийди судқа берген еди. Москва суды Алишер Усмановтың абырай-мәртебесин қорғаў бойынша еткен мүрәжатын қанаатландырды.
Москваның Лублинский районы суды Алексей Навальнийдиң коррупцияға қарсы тексериўлери сәўлеленген ролигин өшириў ҳаққында қарар қабыл етти. Суд жәмәәти видеороликти 10 күн ишинде өшириў кереклигин атап өтти.
Алексей Навальний суд мәжилисинен соң журналистлерге роликти өшириў нийети жоқ екенлигин айтып өткен. Сондай-ақ, ол суд қарарынан наразы екенлигин билдирип, бул мәселени қайта көрип шығыўды талап етиў нийетинде.