БМШның дүнья мәмлекетлериниң абадан турмыс дәрежесин үйренетуғын орайы – The World Happines Report 20-март – Дүнья жүзилик Бахтыярлық күни алдынан “Бахыт индекси”н жәриялады. Онда дүньяның 156 мәмлекетиндеги халықтың турмысына баҳа берилген. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.
Есаплаўларға муўапық, ҒМДА еллери арасында өзбекстанлылар биринши орында екенлиги белгили болды. Елимиз дүньядағы ең бахытлы 50 мәмлекеттиң бири екенлиги атап өтилди ҳәм 44-орынды ийеледи. Бул көрсеткиш бойынша мәмлекетимиз өткен жылы 47-орында еди.
2018-жылы Тәжикстан “Бахыт индекси”н жақсылап, 96-орыннан 80-орынға көтерилди. Қырғызстан 92-орынды бәнтлеген болса, Қазақстан өзиниң өткен жылдағы 60-орнын сақлап қалды. Ең бахытлы мәмлекетлер онлығынан Финляндия, Норвегия, Дания, Исландия, Швейцария, Канада, Жаңа Зеландия, Швеция ҳәм Австралия орын ийеледи.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.