Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2018 12:19
  • 2663

«Устаз жолы» ҳәм «Жеткиншек» газеталары журналистлери Самарқандқа саяхат шөлкемлестирмекте



Қарақалпақстан хабар агентлиги Наўрыз – улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен берилген 5 күнлик дем алыс күнлери қарақалпақстанлы журналистлер қай жерлерге саяхатқа барыўы ҳаққында мағлыўматларды топлады.
Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстан балалары ҳәм жас өспиримлериниң сүйикли газетасы «Жеткиншек» редакциясы жәмәәти усы жылдың 18-март күни ҳәм Қарақалпақстан зыялыларының газетасы «Устаз жолы» редакциясы жәмәәти 20-март күни «Дүньяның жамалы» деп тәрийп берилетуғын Самарқанд ўәлаятына саяхат шөлкемлестирмекте.
Редакциялар жәмәәти саяхат даўамында Биринши Президентимиздың қойымшылығына зыярат етип, Самарқандтағы дүньяға белгили тарийхый естеликлер менен орынларды барып көриўди, олар менен жақыннан танысыўды режелестирмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

    «Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-402-санлы, 22.11.2024) қабыл етилди.

Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте

Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте

    Өзбекстанда жаңа жол белгиси әмелиятқа енгизилип атырғанлығы хабарланды. Oнда келтирилиўинше, Бийик пиядалар өтиў жолы деп