Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2018 12:22
  • 1891

Хожели районында «Йехова гүўалары» нызамсыз диний ағым ўәкиллери анықланды



Хожели районы ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген илаж даўамында Туран көшеси 1-жайда жасаўшы ҳуқықбузыўшы Узақберген Пиржанов өз үйинде диний «Ҳужра» шөлкемлестирип, «Йехова гүўалары» нызамсыз диний шөлкем ағзаларын жыйнап, арнаўлы диний мағлыўматқа ийе болмастан диний тәлим берип келгенлиги анықланды. Бул ҳаққында «Еркин Қарақалпақстан» газетасы хабар берди.
Сондай-ақ, диний мазмундағы материалларды нызамға қылап рәўиште тарқатыў мақсетинде сақлап келгенлиги, ҳуқықбузыўшылар Нурия Ешимбетова, Рано Пиржанова, Айша Аллаханова, Балтамурат Дошмуратов ҳәм Алтынай Узақбаевалар нызамсыз диний искерлик пенен шуғылланып, диний мәресимге байланыслы болмаған топарларды шөлкемлестирип отырғанлығы, ал ҳуқықбузыўшылар Базаргүл Аллаханова ҳәм Бибимарьям Нурыллаевалардың диний мазмундағы материалларды нызамсыз тарқатыў мақсетин гөзлеп сақлап келгенлиги анықланды.
Ўақыя орнында айғақлы зат ретинде ҳуқық¬бузыўшы Б.Аллахановаға тийисли болған «Explay» маркалы планшет, Б.Нурыллаеваға тийисли А3100 «Nextbook» маркалы планшет, ADATA флешкасы ҳәм 16 беттен ирабат диний мазмундағы тарқатпа материаллар, У.Пиржанов¬қа тийисли «ASUS» маркалы ноутбук ҳәм «Самсунг» қол телефоны ҳәм Р.Пиржанованың «Самсунг» G5 52-82 маркалы қол телефонлары қалыс гүўалардың қатнасында ҳүжжетлестирип алынып, тийисли орынларға тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң берген жуўмағына жүгинер болсақ, ис бойынша тексерилген материаллардың елимиз аймағына алып келиниўи, тарқатылыўы ҳәм пайдаланылыўы қадаған етилген материаллар екенлиги тастыйық¬ланған.
Анықланған ағым ағзаларының ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен нызам шеңберинде көрип шығылып, ең кем айлық ис ҳақының кимине он, айрымларына он бес есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал