Telegram karinform

Сиясат

  • 22.03.2018 16:07
  • 2101

Имомали Раҳман: Тәжикстан өз қоңсыларын ҳеш қашан суўсыз қалдырмайды

Имомали Раҳман: Тәжикстан өз қоңсыларын ҳеш қашан суўсыз қалдырмайды

Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң Астанадағы мәсләҳәтлесиў ушырасыўында Орта Азияның барлық мәмлекетлери мәплерин есапқа алып суў-энергетика ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў аймақтағы еллердиң тийкарғы жөнелислеринен бири деп тән алынды.
Ушырасыўда Тәжикстан президенти Имомали Раҳман: «Мен бир неше мәрте үлкен минберлерде турып, атап айтқанда, БМШ минберинен Тәжикстан суўдан пайдаланыў мәселелери бойынша ҳеш қашан қоңсыларына машқалалар туўдырмағаны ҳәм буннан былай да туўдырмаўын айтып өткенмен. Бүгин мен және бир мәрте биз қоңсыларымызды суўсыз қалдырмайтуғынымызды айтып өтпекшимен», - деп айтып өтти, деп хабар берди nuz.uz.
Орайлық Азия дүньяның ең суўы кем аймақлардан бири есапланады. Қырғызстан ҳәм Тәжикстанда Орайлық Азиядағы ең ири дәрьялар ағымының басланғыш бөлими жайласқанлығы себепли бул мәмлекетлер суўға бай есапланады. Төмениректе жайласқан Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Қазақстан болса, суў ресурсларына мүтәжлиги туўылыўы мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады

    Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында хызмет көрсетип атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызыстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Мектеп оқыўшылары ушын гүзги дем алыс қашан басланатуғынлығы белгили болды

Мектеп оқыўшылары ушын гүзги дем алыс қашан басланатуғынлығы белгили болды

    Халық билимлендириў министрлиги мектеп оқыўшылары ушын гүзги демалыс ноябрь айының 4-сәнесинен басланады деп хабар берди.