Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.06.2017 09:29
  • 2306

Марк Цукерберг АҚШ президенти болыўды режелестирген бе?



2017-жылдың басынан Facebook директоры Марк Цукерберг АҚШ штатлары бойлап саяхат қылмақта. Ол жергиликли халық пенен сәўбетлесип, сондай-ақ, өзиниң социаллық тармағындағы аудитория менен жақыннан танысып атыр. Цукерберг өзиниң күтилмеген саяхатынан мақсети тек танысыў екенлигин айтып өткен болса да, бул ҳәрекети оның сиясий карьерасын баслаўға ҳәрекет етип атыр деген пикирди келтирип шығарады.
Марк Цукерберг ҳәр жылы өзиниң алдына үлкен мақсетлер қояды:
2013-жылы ол ҳәр күни жаңа инсанлар менен танысыўға ҳәрекет етти.
2014-жылы ҳәр күни миннетдаршылық хатын жазды.
2015-жылы жеке китапханасын ашып, бир жылда 23 китап оқып шықты.
2016-жылы 590 километр аралыққа жуўырды.
2017-жылы болса жылдың ақырына шекем Американың барлық штатларын айланып шығыўды режелестирген.
Соңғы жыллары Цукерберг турақлы түрде ҳәр түрли еллердиң басшылары менен ушырасты. 2011-жылы АҚШ тың сол ўақыттағы президенти Барак Обама менен, 2012-жылы Москваға барып, Бас Министр Дмитрий Медведьев пенен, 2014-жылы Ҳиндистан Бас Министри менен, 2015-жылы Бразилия Президенти менен, 2016-жылы Ватикан мәмлекетиниң басшысы менен ушырасып сәўбетлести. Сондай-ақ, жақында Facebook директоры Гарвард университетиниң дипломын алыўға миясар болды.

Бул ҳәрекетлердиң барлығы президентликке таярлық ҳәрекети сыпатында көринбекте. АҚШ тың нызамына муўапық, президент кеминде 35 жаста болыўы керек. 2020-жылдың ноябринде яғный, жаңа президент сайлаўына старт беригенинде Цукерберг 36 жасқа толады.

Дәрек: xabardor.uz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт