Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2017 10:02
  • 2316

Япония билимлендириўиниң 10 әҳмийетли тәрепи

Не ушын япон балалары усындай ақыллы екенлигин билесиз бе? Себеби, олардың билимлендириў системасы жақсы. Kun.uz AdMe басылымына сүйенип японияның билимлендириўиндеги төмендеги 10 әҳмийетли усылын айтып өтти.

Алдын тәрбия - соң билим



Япониядағы мектеп оқыўшылары 4-классқа шекем ҳеш қандай имтихан тапсырмайды, тек киши көлемдеги еркин жазба жумысларды жазады. Басланғыш классларда тийкарғы итибар балалардың тәрбиясына қаратылады. Балаларға ҳайўанларға жақсы мүнәсибетте болыў, кеңпейиллик, ҳақыйқатгөйлик, өзин-өзин басқарыў, тәбиятқа абайлы қатнаста болыў сыяқлы пазыйлетлер сиңдириледи.

Оқыў жылының басы 1-апрельге туўры келеди




Дүньяның көпшилик еллеринде балалар оқыў жылын тамамлап атырған ўақытта, японларда оқыў басланады. Жылдың басы мәмлекеттеги әжайып тәбият ҳәдийсеси – сакураның гүллеўине туўры келеди.

Япон мектеплеринде класс бөлмелерин балалардың өзлери тазалайды




Ҳәр бир класс оқыўшылары гезекпе-гезек класс бөлмелерин, коридорлар, ҳәттеки, ҳәжетханаларды да тазалайды. Усы тәризде балалар топар болып ислеўди үйренеди. Оқыўшылардың өзлери тазалаў жумысларын алып барғаннан соң, тазалыққа айрықша итибар қаратады.

Мектепте стандарт түслик таярланады



Басланғыш ҳәм орта мектепте балалар ушын арнаўлы ланчлар таярланады. Аўқатлар мексимал дәрежеле пайдалы.

Қосымша билимлендириў кең тарқалған



Балалар басланғыш класстан баслап арнаўлы дөгереклерге қатнайды. Бундай дөгереклер әдетте кеште болады. Сол себепли автобуслар 21:00 ге шекем қатнайды.

Оқыўшылар мектеп сабақларынан тысқары япон каллиграфия өнери ҳәм поэзия дөгереклерине қатнайды



Бәрше мектеп оқыўшылары формада болыўы керек




Оқыўшылардың сабаққа қатнасы 99,99% ти қурайды



Питкериў имтиханының нәтийжелери ҳәммесин шешеди



Оқыўшылар жоқары классларды пиктерип атырған ўакытта бир ғана тест шешеди. Усы тест олардың жоқары оқыў орнына кириў ямаса кирмеўин белгилеп береди. Питкериўши тек бир ЖОО ны таңлаўы мүмкин. ЖОО ға кириў ямаса кирмеў – оның келешегин, айлық муғдарын белгилеп береди. Бәсеки күшли болғанлықтан 76% питкериўши мектептен кейинги оқыўды даўам еттиреди. Сонлықтан, Японияда «имтихан дозағы» деген ибара белгили.

Университет жыллары - өмирдеги ең жақсы дем алыс



Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы