
Бир келин менен қайин ене болып, олар бир-бирин түсинбей көп айтысып қалабереди екен. Қәйинене даўысын көтерсе, келини де қалыспай оған жуўап қайтаратуғын болыпты. Бир күни келини бир данышпанның алдына барып: «Мен қәйиненем менен келисе алмайман. Ол мени жаман көреди. Ислеген жумысларымнан кемшилик таўабереди» деп налыныпты. «Оның менен қалай келиссем болады» деп мәсләҳәт сорапты. Сонда данышпан: «Мен қағазға бир зат жазып беремен. Сол қағазды қәйиненең саған урысқан ўақтында аўзыңа салып қойсаң, ол ашыўдан түсип, сени жақсы көретуғын болады» депти. Келин сол данышпанның мәсләҳәтине қулақ салып, қағазды үйине алып кетип, қәйиненеси урысқан ўақытта аўзына салып туратуғын болыпты. Қәйин енеси де келинине бир рет бақырыпты, еки рет бақырыпты, үш рет бақырыпты. Ақыры, келини оған гәп қайтарып урыспағаннан соң, даўысын көтермейтуғын, керсинше, келинин кем-кемнен жақсы көретуғын болыпты. Келини данышпан жазып берген қағазы пайда берди деп ойлап, данышпанның алдына барып: «мениң қағазыма не зат жазып берген едиңиз?» деп қызықсынып сорапты. Сонда данышпан: «Мен сениң қағазыңа ҳеш нәрсе деп жазып берген жоқпан. Тек те қәйин енең сөйлеген ўақытта оны дыққат пенен тыңла, гәп қайтарма деп аўзыңа салып қойыўды буйырып едим» деп жуўап берипти. Келини буған ҳайран болып, қәйиненесине ҳеш те гәп қайтармайтуғын болыпты. Қәйиненесиниң де келининен кеўли толыпты.
Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова