Telegram karinform

Мәденият

  • 22.06.2017 17:01
  • 2524

Мектеплер 11 жыллық болды ма?

Мектеплер 11 жыллық болды ма?
Хабарыңыз бар, усы жылдың 18-июнь күни Ташкент қаласында, ал 20-июнь күни Өзбекистан Республикасының барлық аймақларында, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында да улыўмалық орта билимлендириў системасындағы өзгерислер – 9 жыллық билимлендириўди 11 жыллыққа өзгертиў бойынша оқыўшылар ҳәм ата-аналар арасында сораўнама өткерилди. Сораўнаманың жуўмақлары бойынша Халық билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында хабар берилмеди. Ташкент қаласындағы өткерилген сораўнаманың жуўмақлары бойынша Kun.uz басылымында мағлыўмат жәрияланды. Мағлыўматқа қарағанда, ата-аналардың 70%и мектеплерде 10- ҳәм 11-класслардың ашылыўын, перзентлериниң лицей ямаса кәсип-өнер колледжлерине қарағанда, мектепте оқыўын даўам еттириўиниң тәрептары болған.
Интернет басылымларында бул мәселе бойынша түрли пикир-таласлар жүзеге келди. Мәселен, Kun.uzда жәрияланған «Акс-садо: «Коллежларда ўқиган авлод йўқотилди», дейиш кўр-кўрона ҳукм қилишдир» атамасындағы мақалада жазылыўынша, 11 жыллық мектеп билимлендириўине усы жылдың өзинде өтиў оптимал вариант емес. Мақала авторы буның ушын кесент етип турған бирнеше себепти келтирип өткен. Булар:
- Еле ислеп шығылмаған сабақлар ҳәм сабақ өтиў бағдарламасы;
- Оқыўлық қолланбалар ҳәм сабақлықлардың жоқ екенлиги;
- Жеткиликли дәрежедеги көп қаржы сарпланыўы;
- 11-класстан соң оқыўшылардың не менен бәнт болыўы ҳаққында анық пикирдиң жоқ екенлиги.
Автор мақала соңында 11 жыллық мектеп билимлендириўине өтиў ушын кеминде 3 жыл даўамында анық ҳәм пуқта ислеп шығылған бағдарлама тийкарында алып барыў мақсетке муўапық болады, деген пикирди билдирип өткен.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте