Telegram karinform

Сиясат

  • 30.03.2018 22:45
  • 2235

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатнасықларының тарийхына бир нәзер…



Өзбекстан ҳәм Әзербайжан еллери әзелден дос ҳәм туўысқан. Еки мәмлекеттиң дипломатиялық қатнасықлары 1995-жылы 2-октябрь сәнесинде рәсмий түрде ҳүжжетлестирилгени менен де, олардың дослық мүнәсибетлери узақ тарийхқа барып тақалады.
1966-жылы Ташкент қаласындағы үлкен апатшылық – жер силкиниўинен соң Әзербайжан халқы бириншилерден болып жәрдем қолын созды.
1996-жылы Әзербайжанның сол ўақыттағы Президенти Гейдар Алиев Өзбекстанға сапары даўамында Әзербайжан Республикасының Елшиханасы ашылды. Бундай рәсмий сапардан соң Өзбекстан Республикасының Президенти Ислам Каримов усы жылдың 26-27-май күнлеринде Әзербайжанда мийманда болды.
Қоңсышылық қатнасықлар даўам етип, 1997-жылы 18-19-июнь сәнесиндеги Әзербайжан Республикасының Президенти Гейдар Алиевтың Өзбекстанға сапары даўамында мәмлекетлер ортасындағы байланыс жаңа басқышқа көтерилди. Бул ўақытта еки қәдирдан мәмлекет 19 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойысты.
2004-жылы 23-24-март сәнесинде Әзербайжан Президенти Ильхам Алиев Өзбекстанға келди ҳәм нәўбеттеги ушырасыў да дослық қатнасықларын және де беккемлеўге қаратылды.
Тәреплер экономикалық қатнасықларды жолға қойыў, товар алмасыўды және де раўажландырыў, транспорт ҳәм энергетика, сондай-ақ, мәдений тараўлар бойынша да қатнасықларды беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Буннан соң 2008-жылы 11-12-сентябрь күнлери Өзбекстанда Әзербайжан шайыры Низами Ганджавидың ескерткиш орнатыў ҳәм оның ашылыў салтанатында Әзербайжан Президентиниң ҳәм усы жылдың 12-сентябрь сәнесинде Әзербайжанда уллы өзбек шайыры Алишер Наўайы ескерткишиниң ашылыў салтанатында Ислам Каримовтың қатнасыўы дослық мүнәсибетлерин және де беккемледи.
Бул еки мәмлекеттиң, әзелий қоңсы ҳәм туўысқан миллеттиң қатнасықлары бүгинги күнде де беккемленип бармақта.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға