
Австралияның жасыллылар партиясының ўәкили 40 жастағы сенатор Ларисса Уотерс қызы Алия Джойды емизип турып сөз сөйледи деп хабар берди The Sydney Morning Herald басылымына сүйенип sputniknews.kz. Ларисса Уотерс екинши қызын дүньяға келтиргеннен соң биринши рет жумысқа өзи менен баласын да алып келген. Уотерс твиттердеги аккаунтында «Федераллық парламентте дәслепки емизилген бөпе меники екени менен мақтанаман. Бизге парламентке ҳаяллар менен ата-аналар көбирек керек» деп жазған.