Кеше, 4-июль күни Өзбекистан футбол федерациясының президенти Мираброр Усманов 70 жасқа толды. Сол мүнәсибет пенен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Усмановты «Дослық» ордени менен
сыйлықлады.
«Мәмлекетлик басқарыў органлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлердеги көп жыллық нәтийжели ҳәм пидәкерли мийнети, үлгили жәмийетлик искерлиги менен елимиздиң ғәрезсизлигин, оның экономикалық потенциалын беккемлеў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырой-мәртебесин жетилистириў, жас әўладты физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсан етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ушын ҳәм де туўылғанының 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Мираброр Зуфарович Усманов «Дослық» ордени менен сыйлықлансын», - деп жазылған Президент пәрманында.