Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.07.2017 13:42
  • 2488

Лимонад ҳәм компот инсанды тез қартайтатуғыны белгили болды



Илимпазлар изертлеў жумысының нәтийжесине тийкарланып: «Мазалы ишимликлер (мәселен, лимонад, компот ҳәм т.б.) инсанның қартайыўын тезлетеди, оның адам организмине тийгизетуғын кери тәсири спиртли ишимликлер менен бирдей, ишимликлер мазалы болған сайын, оның кери тәсири артып бара береди», - деген жуўмаққа келген. Мазалы ишимликлер адам организмине еки түрли зыян жеткереди. Бириншиси, бундай ишимликлер организмдеги зат алмасыўын бузады ҳәм адамды семиртеди. Екиншиси, оның қурамындағы көпшилик элементлер клеткалардың қартайыўын жеделлестиреди.
Изертлеў жумыслары жасы орташа 20-65 жас аралығында болып, барлығының жүрек ҳәм қан тамырларының искерлиги жақсы болған 5000 адамда алып барылған.
Изертлеў нәтийжесине муўапық, мазалы ишимликлерди көп ишетуғын адамлар әдеттеги адамлардан 5 жылға аз өмир сүреди екен.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте