2018-жыл 1-апрельден баслап балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў органларына қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин алыў ушын физикалық шахслар тек ғана мәмлекет хызметлери орайлары ямаса бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлери порталы арқалы мүрәжат етеди, деп хабар берди qalampir.uz.
Жолланбалар мәкемелерде орынлар босаған күни нәўбетке муўапық рәсмийлестириледи.
Бунда имтиязлы дизимге киргизилгенлер бойынша улыўмалық дизимге киргизилгенлерге қарата биринши нәўбетте рәсмийлестириледи.
Нәгиран болған шахслардың балалары, үш ямаса еки ҳәм оннан да көп балалары болған шаңарақлардың балалары, әскерий хызметкерлердиң ҳәм қәўипсизлик хызмети органлары хызметкерлериниң балалары, студентлер ҳәм педагоглардың балалары, жетим балалары ямаса ата-анасының қараўысыз қалған балалар, әжағасы ямаса әжапасының усы мәкемениң тәрбияланыўшылары болған балалар имтиязлы дизимге киргизиледи.
Балаларды мәкемеге қабыллаў бойынша мәмлекет хызмети бийпул әмелге асырылады.
Сахибжамал Есемуратова