Telegram karinform

Технология

  • 19.04.2017 11:08
  • 2798

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Арқа Корея фронты Дональд Трамп ҳәкимиятының дыққат орайында қалмақта, әсиресе, бул екшемби күни олардың баллистикалық ракетасының әўметсиз ушырылғанлығынан соң айқын бола баслады. Трамптың қәўипсизлик бойынша бас мәләҳәтшиси, генерал-лейтенант Герберт Макмастердиң билдириўинше, АҚШ КХДРдың ҳийлекерлигине мүнәсип жуўап қайтарыўы ушын «Қытай менен ҳәр қыйлы усылларда бирге ислесиўи керек». Төменде Арқа Кореяның ядролық ҳәм ядролық болмаған қураллары бойынша бирнеше карта келтирилген.
Жақын аралықта әмелге асырыў мүмкин болған қәўиплердиң ең тийкарғысы – шегаралар бойынша орналастырылған Арқа Корея артиллериясы есапланады. Ол Қубла Кореяның үлкен аймақларына соққы бере алыўы мүмкин: бундай жағдайда ең көп зыян көретуғын аймақ – шегарадан 15 км қашықлықта жайласқан қалалар болады. Бирақ, Stratforдың мағлыўматларына қарағанда, мәмлекет пайтахты Сеуль да оғада аўыр артиллерия соққыларына дуўшар болыўы мүмкин.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Кейинги графиктен көринип турғанындай, ҳәзирги жетекшиси ўақтында Арқа Корея оның әкеси ҳәм атасы басшылық еткен дәўирлерден де көбирек баллистикалық рекаталарды ушырған.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Bloombergтиң атап өтиўине қарағанда, Ким Жонг-Ун 2011-жылы ҳәкимият басына келгеннен соң, мәмлекеттиң ядролық бағдарламасының раўажланыўын жеделлестирген ҳәм ҳәзирде мәмлекет Қубла Корея және Японияға 20 атом бомбасын таслаў қүдиретине ийе. Ендилигинде режим узақ радиуслы ракеталар жаратыў бойынша жумыс алып бармақта, мақсети – ядролық қуралды Америка Қурама Штатларының пайтахтына шекем жеткере алатуғын ракета жаратыў. Бул график КХДР ракета арсеналы ҳаққында бизге белгили болған барлық мағлыўматларды улыўмаластырады.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Кейинги иллюстрацияда Арқа Кореяның баллистикалық системасы ушын максимал есаплық диапазон сүўретленген. Тэподонг-2 ҳәм KN-14 сыяқлы «ең заманагөй» ракеталардың жеткерилиў радиусы бойынша пикирлер ҳәр қыйлы болса да, олар АҚШ аймағының үлкен бөлегине қәўип сала алады, деп болжанбақта.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Айырым аналитиклердиң пикиринше, Тэподонг-2 тек ғана орбитаға жасалма жолдас шығарыў ушын пайдаланыўға жарамлы, ядролық қуралларды жеткерип бериўде оның хызметинен пайдаланыўдың илажы жоқ.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Батыс еллерин Тэподонг-2 ден де бетер қорқынышқа салып турғаны KN-08 баллистикалық ракетасы есапланады. 11,5 мың пәрўаз радиусына ийе болған бул ракета АҚШтың үлкен қалаларына да қәўип сала алады.
Жылдың басында Ким Жонг-Ун ракета сынақларының «соңғы басқышында» екенлигин айтып өткен, буған жуўап ретинде Дональд Трамп Твиттерде «Бундай жағдай жүз бермейди!» деп жазған еди.
Сондай-ақ, дем алыс күнлери КХДРда қуяш күнлери мүнәсибети менен болып өткен әскерий парадларда континентлер аралық жаңа баллистикалық ракетаны таныстырған. Қубла Корея армиясының мағлыўматларына қарағанда, ол бүгинги күнде бар болған KN-08 ямаса KN-14 ракеталарына салыстырғанда узын, яғный ол егер де шыны менен де ислеп шығылған болса, режимниң ең узаққа ушыра алатуғын қуралы болады.

Арқа Корея арсеналында нелер бар?

Арқа Корея ядролық қуралларының АҚШтың Тыныш океаны жағалаўларына суў асты кемелеринде жеткерилиўи тағы бир потенциаллық қәўип болып табылады. Суў асты кемелери дизель жанар майында ислейди ҳәм оларды портты тәрк еткен ўақытта анықлаў ҳәм жоқ етиў аңсат, - әлбетте, буны АҚШтағылар да жақсы биледи, бирақ, олар тийисли аралыққа жақынласып алса, Вашингтонды да биймәлел нышанға алыўы мүмкин.

Дәрек: Kun.uz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

«USAID» Арал теңизи аймағында шөллениўдиң унамсыз ақыбетлери менен гүресиў мақсетинде 1,6 миллион доллар ажыратты

«USAID» Арал теңизи аймағында шөллениўдиң унамсыз ақыбетлери менен гүресиў мақсетинде 1,6 миллион доллар ажыратты

    Усы жылдың 10-ноябрь күни АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) Арал теңизи аймағында шөллениўдиң унамсыз ақыбетлери

Қарақалпақстанлылар өзгеше астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин

Қарақалпақстанлылар өзгеше астрономиялық ҳәдийсени бақлаўы мүмкин

Усы жылдың 25-октябрь күни Жер жүзиниң халқы қатарында Қарақалпақстан Республикасының турғынлары да өзгеше астрономиялық ҳәдийселердиң бирин...