Хат ийеси Karinform.uz cайтында билдирген пикирлерин адамлар басқаша түсинип атырғанына наразылық билдирди.
Бул ҳаққында Г.Нурбекова былай дейди:
«Телевидениеде информациялық бағдарламаның «Дияр» атамасы менен аталғанлығын ҳәр ким ҳәр қыйлы түсинип атыр. Мейли, бул олардың өз ерки. Бирақ, мени телевидениениң дөретиўши жәмәәти, яғный мениң кәсиплеслерим тәрепинен излениўлер алып барылып атырғаны қуўандырған еди. Сонлықтан, бул қосықта кеўлимниң дебдиўин емес, бәлким дөретиўшиликтеги жаңаланыўлар ушын қуўанышлы сезимлеримди жазыўға ҳәрекет еткенмен.
Қәлеген адам ойланып көрсин, бүгин барлық тараўлар сыяқлы журналистика бағдарындағы унамлы өзгерислер бизди де уллы мақсетлерге умтылдырмақта. Тараўдағы азғана мийнетлерим баҳаланып, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланыў бахтына еристим.
Бүгин елимиз барлық тараўда жаңа өзгерислерге, раўажланыўларға жүз тутпақта. Тараўлардағы илгерилеўлер, жаратылып атырған имканиятлар көзди куўандырмақта. Буларды көрип «Бул – мениң Ўатаным» деп дүньяға мақтаныш еткиң келеди. Президентимиз алып барып атырған әдил сиясат бизлердиң қәлбимиздеги жақсы нийетлермизге күш-қуўат, келешекке исеним бағышлайды.
Жақында ғана Президентимиздиң республикамызға болған сапарында Қарақалпақстанды буннан былай да ҳәр бир тараўда раўажландырыў бойынша перспективалы усынысларын билдирди ҳәм халқымыздың руўхланып мийнет етиўи ушын үлкен исеним оятты. Бүгин социаллық-экономикалық тараўларда, халқымыздың жасаў шараятларында буның әмелий нәтийжелерин ушыратамыз.
Мениң қолға киргизген табысларымның тийкарында журтбасшымыздың әдил сиясаты турғанлығы менен мақтанаман ҳәм барлық күш-жигеримди елимиздиң раўажланыўы ушын арнайман. Себеби, мен Өзбекстан пуқарасы екенимнен бахтиярман.
Бүгин телевидение тараўындағы, радио бағдарындағы жаңа мақсетлеримиздиң, режелеримиздиң әмелге асыўында елимиздиң бахытлы турмысы сәўлеленип, адамлардың кеўил-кейпияты жоқарылығы ҳәм үмит-исеними күшли екенлиги маған илҳам бағышлайды».
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz