Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.04.2018 12:23
  • 1764

Өзинде Каабаны сәўлелендиретуғын сыйқырлы булақтың сыры неде?

Өзинде Каабаны сәўлелендиретуғын сыйқырлы булақтың сыры неде?

ӨзАда Самарқанд ўәлаятының Ургут районындағы сыйқырлы булақ ҳаққындағы мақала кең жәмийетшилик арасында ҳәр қыйлы пикир-таласларды, қызығыўшылықларды пайда етпекте. Xabar.uz сайтында усы булақтың сыры ҳаққында материал жәрияланды.
Самарқанд ўәлаятының Ургут районындағы Чор Чинор зыярат орнында жыл даўамында суўы қурымайтуғын қайнар булақ бар. Суўының температурасы 17-18 градус ыссы, бул суўды тойып ишсеңиз де тамағыңыз аўырмайды. Ең баслысы ол көплеген кеселликлерге – зоб, асқазан кеселликлерин емлеў ҳәм ишки ағзалардағы тасларды майдалайтуғынлығы дәлилленген екен. Бул суўдан турақлы түрде пайдаланылса бетке сепкил түспейди екен. Ҳәттеки, 1936-жылы тарқалған оба эпидемиясы ўақтында усы суўдан ишкенлерге зыян жетпеген.
Қайнар булақ диаметри 50-60 метр, тереңлиги 40 метр болған ҳәўизден шығады. Жақсылап нәзер аўдарсаңыз суў ҳәўиздиң ҳәр қыйлы жерлеринен қайнап шығып атырғанын көресиз. Қайнап шығып атырған жерде базыда ҳаўа шарларының пайда болыўы адамды ҳайран қалдырады.
Хош, суўдың ишине ҳаўа қалай кирип қалған? Бул жумбақтың өз жуўабы бар.
Мағлыўматларға қарағанда, бул суў Ургут таўының жоқары тәрепинде пайда болып, жер асты жоллары арқалы Чор чинор зыярат орнынан шығады екен. Булақтың суўы жылдың базы мәўсимлеринде көбейип, базыларында кемейип қалады. Ол кемейген ўақытта жер асты бослықларында ҳаўа топланып қалады. Суў көбейгенде болса ҳаўа суў менен жердиң бетине усындай ҳаўа шарларын пайда етип шығады.
Ең қызықлы тәрепи, тесик тастың ишинен ағып шығып турған суўда нур ишиндеги Каабаның көриниўи болмақта. Бул көринис қайнар булаққа келип атырған туристлерди оғада қызықтырмақта. Жергиликли халық бул әжайыбат тесик тасқа тек ғана туўрыдан қарағанда көринетуғынлығын, оған саатлап қаралса көздиң нуры тынықласатуғынлығын айтпақта, - деп жазылған материалда.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы