Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.04.2018 12:54
  • 1778

ҚМУда өрт қәўипсизлиги ҳәптелиги өткерилмекте



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдыӊ 16-апрель сәнесинен 21-апрель сәнеси аралығында студент жасларға «Өрт қәўипсизлиги тийкарлары» арнаўлы курсы өткерилмекте.
Арнаўлы курсты университеттиӊ Тәбияттаныў факультети Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери менен биргеликте шөлкемлестирген. Университеттиӊ барлық факультетлериндеги студентлерге өрт қәўипсизлиги бойынша түсиндириў жумыслары үлкен аудиторияларда ҳәм мәденият сарайында өткерилмекте. Соӊ ашық майданда өрт өшириў ушын арналған әсбап-үскенелерди ҳәм олардыӊ атқаратуғын ўазыйпасы туўралы мағлыўматлар берип, әмелиятта ислеп көрсетпекте.



«Бундай илажлардыӊ өткерилиўи студентлерге өрт қәўипсизлиги жүз бергенде қандай илажларды қолланыў кереклиги бойынша түсиник береди. Бизиӊ факультетимиздиӊ студентлерине өрт қәўипсизлиги бойынша сабақ өтиледи. Бул илаж болса, сол сабақтыӊ әмелий көриниси болды деп айта аламыз», - деди Тәбияттаныў факультетиниӊ оқытыўшысы б.и.к. Тәӊирберген Жүгинисов.








Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

    Кегейли районында «Cobalt» ҳәм «Nexia-2» автомобильлери қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

Жумысы сапластырылатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары мәлим болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,