
«Өзбеккино» миллий агентлиги ҳәм «Қарақалпақфильм» киностудиясы менен биргеликте 2014-жылы сүўретке алынған «Қорған» фильминиң бас қаҳарманы Наргиза Аллашева 2016-жыл қызлы болды. Наргиза 2014-жылы шаңарақ қурған еди.

Бул фильмдеги журналист ҳәм спортшы қыз «Назира Қабулова» роли Наргиза ушын арнап жазылғандай десек те болады. Себеби, Наргиза кишкене ўақытларынан баслап «Қарақалпақстан» телевидениесинде балалар көрсетиўлерине баслаўшылық ететуғын еди. Сондай-ақ, ол шотокан каратэ-до спорт түри менен шуғылланып, бирнеше еллерде жарысқа қатнасқан ҳәм жеңимпаз болған. Мағлыўмат ушын, Наргиза 2016-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң социал-экономика факультетин тамамлаған.
Сахибжамал Есемуратова