Telegram karinform

Экономика

  • 21.07.2017 09:44
  • 2863

Англияда жазыўшы Джейн Остин сәўлеленген банкнота ислеп шығылды



Англия банки 18-июль күни жазыўшы Джейн Остинниң сүўрети сәўлеленген 10 фунт номиналындағы жаңа банкнота шығарды. Англичан әдебиятының көрнекли ўәкили Остинниң қайтыс болғанына 200 жыл толыўына арналып шығарылған банкнотаның презентациясы жазыўышының жерленген Уинчестер соборында өткерилди. Банкнотаның айрықша тәрепи сонда, оның төменги тәрепинде Остинниң қәлемине тийисли болған «Менменлик ҳәм жалған исеним» романындағы «Шынын айтсам, мен китап оқыўға тең келетуғын басқа ләззетти билмеймен» деген баҳалы сөзлер жазылған.
Мағлыўматларға қарағанда, банкнота 14-сентябрьден баслап айланысқа енгизиледи.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32