
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин пайтахтымыздағы Жаслар орайында Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығын сайлаў болып өтти. Илажда Кеңес баслығы лаўазымына Пиржанов Азиз Аяпбергеновичти сайлаў мәселеси көтерилип, жыйналғанлар ҳәм пайтахтымыз жаслары усынысты бир даўыстан мақуллады.

Мағлыўмат ушын, Пиржанов Азиз Аяпбергенович бурынғы «Камолот» ЖЖҲ Нөкис қалалық Кеңеси баслығы лаўазымында ислеп киятыр еди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.


Сахибжамал Есемуратова.