Telegram karinform

Мәденият

  • 26.04.2018 13:06
  • 2098

Өзбек киносының байтереги – Шуҳрат Аббосов дүньядан көз жумды



26-апрель күни өзбек киносының байтереклериниң бири болған белгили режиссёр, миллий кинода нәтийжели мийнет еткен инсан – Шуҳрат Аббосов дүньядан көз жумды. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.
Мағлыўматта келтирилиўинше, режиссёр 7-апрельден берли бөтеке жетиспеўшилиги, анимия ҳәм жүрек жетиспеўшилиги кеселликлери менен биринши республикалық стационар емлеўханасында емленип келген.
Өзбек киносында өзгеше жаңалық болған, өз жөнелиси бойынша айрықша орын ийелеген, «Маҳаллада дув-дув гап» (1960), «Сен етим эмассан» (1962), «Тошкент – нон шаҳри» (1967), «Абу Райҳон Беруний» (1974), «Оловли йўллар» (1977-1985), «Отамдан қолган далалар» (1997), «Дилор, Дилор, дил ва ор» (2015), «Яна маҳаллада дув-дув гап» (2016-2017) фильмлерине режиссёрлық еткен Шуҳрат Аббосов 25-апрель күни саат 18:00 де көз жумған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Доллар курсы келеси жылларда қаншаға артады?

Доллар курсы келеси жылларда қаншаға артады?

    S&P Глобал агентлиги Өзбекстанның кейинги жыллардағы экономикалық прогнозларын мәлим етти. Оған бола, өзбек сомының курсы

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен