Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.04.2018 17:25
  • 1261

ҚМУ студенти Ташкенттеги симпозиумға қатнасып қайтты

ҚМУ студенти Ташкенттеги симпозиумға қатнасып қайтты

Жақында Ташкент қаласында Билимлендириӯ системасын раўажландырыўда инновациялық идеялар симпозиумының биринши саны өткерилди. Бул симпозиум республика көлеминде шөлкемлестирилген болып, ҚМУдың шет тиллери факультети «Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты қәнигелиги 3-курс студенти Әлимбетова Муслима бул симпозиумға қатнасып қайтты.

ҚМУ студенти Ташкенттеги симпозиумға қатнасып қайтты

«Усы ўақытқа шекем қатнасқан конференция ҳәм семинар-тренинглер арасында бул симпозиум менде өзгеше тәсир қалдырды. Бундай илажларға қатнасар екенмен, өзимди ертенги күн ийеси сыпатында сеземен. Симпозиум үш күн даўам етти, бирақ усы үш күнниң қалай өтип кеткенин сезбей қалдық. Ол жерде республика көлеминде билимге қумар, жаңа инновациялық идеялар қайнап турған жаслар жыйналған. Бизге берилген тапсырма: «Қалайынша билимлендириӯ системасын раўажландырыў мүмкин? Қалайынша 7 жастан 70 жасқа шекемги болған адамлардың барлығын дүнья жаңалықлары, раўажланыў дәўири технологиялары менен теңбе-тең қәдем таслаўға үйретиўимиз мүмкин?» Дурыс, бир тәрептен қарасақ, билимлендириў тараўында барлық илажлар әмелге асырылып болғандай, ҳәмме нәрсе тек ғана биз жаслардың өзлерине байланыслыдай сезиледи. Бирақ, Өзбекстан Республикасында билимлендириў системасында әмелге асырылыўы керек болған, елимиздиң ертеңги айдын келешеги ушын жол ашып бере алатуғындай инновациялық идеялар жүдә көп екен. Буны биз симпозиум даўамында билип алдық. Биз топар ағзаларымыз бенен биргеликте «open air lessons» атамасында проект алып шықтық. Бул проектимиз тийкарынан жаз, гүз, бәҳәр мәўсимлеринде шөлкемлестирилиўи мүмкин. Тәбият қушағында сабақ өтиў оқыўшыларға да, оқытыўшыларға да бирдей пайдалы.

ҚМУ студенти Ташкенттеги симпозиумға қатнасып қайтты

Соның менен бир қатарда, жүзбе-жүз отырып сабақ өтиў арқалы нәтийжелиликке ерисиў мүмкин. Биз буннан басқа, балалардың енди мектепке барған ўақтынан баслап, оларды тек ғана оң қолда емес, шеп қолда да жазыўға үйретиў идеясын көтерип шықтық. Илимпазлардың изертлеўине қарағанда, оң қолда жазатуғын адамның шеп қаптал мийи, ал, шеп қолда жазатуғын адамның оң қаптал мийи жақсы ислейди екен. Дүнья жүзинде болса, еки қолда да жаза алатуғын адамлардың саны санаўлы. Мүмкиншилиги жоқ нәрсениң өзи жоқ. Бизден тек ғана күш ҳәм азырақ қунт талап етиледи» - дейди симпозиум қатнасыӯшысы Муслима Әлимбетова.

ҚМУ студенти Ташкенттеги симпозиумға қатнасып қайтты

Эльмира Турғанбаева
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға

«Камера алдындағы өлим…» ямаса белгили фотосүўрети өзине өлим алып келген фотографтың аянышлы тәғдири

«Камера алдындағы өлим…» ямаса белгили фотосүўрети өзине өлим алып келген фотографтың аянышлы тәғдири

        «Камера алдындағы өлим»… «Қара қус ҳәм қыз»… «Судандағы ашлық»… 1993-жыл 26-март сәнесинде «The New York

Қарақалпақстан мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў басланды

Қарақалпақстан мектеплеринде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў басланды

    Бүгиннен баслап, Нөкис, Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл, Әмиўдәрья районлары ҳәм Нөкис қаласындағы жәми 98 улыўма билим