Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.05.2018 12:13
  • 1978

Излеўдеги Қуўатбай (Коля) қалай қолға алынды?



Усы жыл февраль айынан баслап рецидивист сыпатында гүманланып излеўде болған Сабуров Қуўатбай Ташкент қаласы Яшнабад районы Янгиобод базарында қолға алынды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ баспасөз хызмети хабар бермекте, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери Ташкент қаласына маманлығын арттырыў мақсетинде оқыўға барады. Оқыўдан бос ўақтында Нөкис қаласы өрт қәўипсизлиги бөлими баслығы Жубанышов Жәнибек, Тақыятас районлық өрт қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы Қаниязов Ережепбай, Қоңырат районлық өрт қәўипсизлиги бөлими баслығының орынбасарлары Палўанов Шерали ҳәм Халмуратов Маҳмудлар телефон көриў мақсетинде Янгиобод базарына барады. Ол жерде Сабуров Қуўатбайды узақтан көрип қалады. Ең дәслеп Жубанышов Жәнибек оны дәрҳал шырамытады да, жанындағыларға қараңлар ана жердеги излеўдеги адам ғой, – дейди. Қырағы азаматлар гүманланыўшының жанына барып сораў бере баслайды. Дәслеп Қуўатбай аға, деп мүрәжат етип көреди. Ал, өзин танытпаўға ҳәрекет еткен гүманланыўшы өзбек тилинде сөйлеп, мен басқа адамман, - дейди. Азаматлар гүманланыўшының жалған сөзлер менен жаңылыстырыўға ҳәрекет етип атырғанын билип, дәрҳәл қолға алып, тийисли уйымға тапсырады.
Еслетип өтемиз, Сабуров Қуўатбай ғайрытәбийғый жынаят ислеўде гүманланып, излеўге берилген еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...