Telegram karinform

Мәденият

  • 25.07.2017 12:58
  • 2685

Инглис тилин тез үйрениўдиң 7 сыры



1. Инглис тилин үйрениўде дәслеп сөзлик пәтке айрықша итибар қаратыў керек.
Сөзлик пәтти үйрениў – инглиз тилинде сөйлеўдиң ҳәм оны үйрениўдиң алтын гилти есапланады. Инглис тилинде сөзлик пәт жүдә әҳмийетли. Сөзлик пәт дегенимиз не? Мәселен, үш сөзди алың: photograph, photographer ҳәм photographic. Олар бирдей формада оқылмайды. Себеби, олардың ҳәр қайсысында бир буўын басқаларына қарағанда өзгеше айтылады, яғный пәт түседи.

PHOtograph

phoTOgrapher

photoGRAPHic

Бундай жағдай 2 ямаса оннан да көп буўынлы сөзлердиң ҳәммесинде ушырасады: TEACHer, JaPAN, CHINa, aBOVE, converSAtion, INteresting, imPORtant, deMAND, etCETera.

Инглис тилиндеги қосықты тыңлағаныңызда ямаса фильмлерди тамашалағаныңызда сөзлердеги пәтке итибар бериң. Сизиң биринши қәдемиңиз еситиў ҳәм таныў. Кейин буны әмелде қолланып көриң!

2. Гәплик пәтке әҳмийет қаратыў керек.
Бул инглис тилин үйрениўдиң 2-алтын қағыйдасы. Гәптеги бир сөз басқаларына қарағанда өзгеше, пәт пенен айтылады. Мысалы ушын, We want to go (Бизлер барыўды қәлеймиз).

Бул гәпте ҳәр бир сөзге пәт түсирип оқылмайды. Пәт түсирилген сөз басқаларына қарағанда күшлирек оқылады. Бул гәптеги пәт түскен сөзлер: WANT ҳәм GO.

We WANT to GO.

We WANT to GO to WORK.

We DON\'T WANT to GO to WORK.

We DON\'T WANT to GO to WORK at NIGHT.

3. Тыңла! Тыңла! Тыңла!
Инглис тилин үйрениўшилер усы тилдеги хабарларды түсиниўге қыйналады. Соған қарамастан, дыққат пенен тыңлаўға ҳәрекет етиң!

4. Тыңламаң!
Тыңлаў бул актив, еситиў бул пассив қубылыс. Радио ямаса арнаўлы бағдарламалардағы аудиомағлыўматларды ериксиз еситип, сөзлерди аңсат түсинип жетиў мүмкин. Мийиңиз еситеди, ақылыңыз тыңлайды ҳәм сиз үйренесиз!

5. Күнине 5 сөз ядлап барың.
Бир жылда 365 күн бар. Егер сиз күнине 5 сөз ядласаңыз жылына 1,825 таза сөз ядлаған боласыз.

5 x 365 = 1,825

Дәптерге ҳәр күни бес сөз жазың ҳәм соларды үйрениң. Нәтийжеде, сизиң сөз байлығыңыз жетилиседи.

6. Ҳәптесине 3.5 саатқа қарағанда күнине 30 минут абзал.
Буны төмендеги математикалық жол менен түсиндирип беремиз:

Аз + Тез > Көп + Арасында

Бул аңсатырақ, себеби күнине 30 минут ажыратыў көп ўақытты талап етпейди. Сиз 30 минут ертерек турың ямаса ярым саат азырақ аўқатланың.

7. Қайта көрип шығың! Қайта көрип шығың! Қайта көрип шығың!
Егер сиз үйренгенлериңизди тәкирарлап турсаңыз, ол 100% ядыңызда қалады. Буның ушын, үйренгенлериңизди жазып қойыўыңыз керек. Соң оған 3 мәрте дыққат пенен қараң:

- 1 күннен соң

- 1 ҳәптеден соң

- 1 айдан соң.

Ҳәрдайым қайталап, өзиңизди тесттен өткерип турың.

Үйрениң, қайталаң, тесттен өткериң!

Интернет материаллары тийкарында таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы