Google Maps арқалы жердиң жасалма жолдаслары арқалы түсирилген сүўретлерди тамашалаўыңыз мүмкин. Massaget басылымы усындай сүўретлер арасынан ең таң қаларлық сүўретлерди
топлады.
«Кока-кола» компаниясының ең үлкен логотипиБул логотип Чилидеги музлықлар арасында жайласқан. Логотип 1986-жылы арнаўлы тапсырма менен исленген болып, оны ислеў ушын 70 мың кока-кола қутысы сарпланған.
Антарктида пирамидаларыПирамидалар тек Египетте бар деп ойласаңыз қәтелесесиз. Антарктида музлықларының арасында да пирамидалар анықланған. Бирақ, бул бойынша арнаўлы изертлеўлер жүргизилмеген.
Үлкен табанУллы Британиядағы узынлығы 115 метрлик үлкен табан да көпшиликти ҳайран қалдырады.
Қала ортасындағы яхтаГонконгтың ортасында жайласқан бул яхта капитаны алжасып кетип, жайлар арасына келип қалған кемени еслетеди.
Испания балалар паркиИспаниядағы балаларға арналған өзгеше дем алыс парки жоқарыдан қарағанда жараланған жаўынгерди сүўретлейди. Бул паркте балалар ушын цирк ҳәм ҳәр қыйлы аттракционлар бар.
Кипрдағы түрк байрағыКипрдағы бийик таўлардың биринде исленген түрк байрағын көпшилик билмесе керек. Оның қасындағы жазыўда: «Өзин түрк деп билген адам қандай бахытлы» деп жазылған.
Сахибжамал Есемуратова.