
Бул база Қытайдың сырт еллердеги дәслепки әскерий базасы есапланады. 1-август күни Шығыс Африкадағы 740 мың халық жасайтуғын Джибути мәмлекетинде Қытайдың байрақлары көтерилген ҳәм Қытайдың 300 әскер ҳәм теңизшиси қатнасқан ашылыў салтанаты болып өткен. База Африка ҳәм Батыс Азияға гуманитар жәрдем бериў ҳәм әскерий ҳәрекетлер алып барыў ушын шөлкемлестирилгени айтылмақта. Мағлыўматларға қарағанда, бул жерде 2000 қытайлы әскер хызмет етеди.
Ислам Матеков.