Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2018 12:38
  • 1773

1-январьдан баслап сатыўшылардың пластик пакетлерди бийпул тарқатыўы қадаған етиледи



Өзбекстанда 1-январьдан баслап полимер плёнкадан таярланған пластик пакетлерди бийпул тарқатыў қадаған етиледи. Президент Шавкат Мирзиёев турмыслық шығындылар менен қатнас системасын жетилистириў илажлары ҳаққындағы қарарды тастыйықлады, деп хабар бермекте Gazeta.uz «Өзбекстан 24» телеканалының «Ахборот 24» бағдарламасына тийкарланып.
Буннан гөзленген мақсет тәбияттың пластика менен патасланыў дәрежесин кемейтиў ҳәм халық арасында пакетлерге деген экономикалық қатнасықты қәлиплестириўден ибарат.
Келеси жылдан баслап сатыўшыларға өним сатып алған қарыйдарларға бийпул полиэтилен пакетлерди бериўи қадаған етиледи. Сондай-ақ, сатып алынып атырған өнимлердиң баҳасына пакетлердиң баҳасын қосыў ямаса олардың өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда сатыў да қадаған етиледи.
Мәмлекет аймағында қалыңлығы 40 микроннан кем болған полимер плёнкадан пакетлер ислеп шығарыў қадаған етиледи. Тек ғана биологиялық жақтан бөлеклениўши услағышсыз полимер материаллардан таярланған пакетлер – өнимлерди ораўдың ажыралмас бөлеги болған пакетлер және турмыслық тутыныў ушын сатылатуғын орамларға руқсат бериледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...