
Бүгин, 23-май күни «26-май – Халық аралық китаплар күни»не бағышланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде китап көргизбеси ҳәм ярмаркасы өткерилди. Оған Қарақалпақстан Республикасындағы «Билим» баспасы, университетимиздиң мәлимлеме-ресурс орайы, Жаслар орайының китапханасы ҳәм Нөкис қаласындағы бир қатар китап дүканлары өзлериниң китаплары менен қатнасты.


Илажда университеттен бес мыңнан аслам студент китап көргизбеси менен танысты. Сондай-ақ, көргизбеден соң университеттиң мәлимлеме-ресурс орайы жанындағы «Китапқумарлар» клубының ағзалары белгили шайырлардың қосықларын оқып берди ҳәм таярлаған концерт бағдарламасын жыйналғанлардың нәзерине усынды.

Усындай китап көргизбелери ҳәм ярмаркаларының тез-тезден өткерилиўи жаслардың китапқумарлыққа деген қызығыўшылығын және де арттырыўы сөзсиз. Орынларда «Халық аралық китаплар күни»не арналған илажлардың өткерилиўи даўам етеди. Булар ҳаққында кейинги мақалаларымызда сөз етемиз.

Сахибжамал Есемуратова