Telegram karinform

Технология

  • 26.05.2018 14:43
  • 1990

Қубла Кореяда әскерлердиң орнына роботлардан пайдаланылады



Қубла Корея мәмлекети 2024-жылдан баслап қорғаныў тараўында әскерий роботларды пайдаланыўды режелестирмекте. Буның себеби, мәмлекет халқының жыл сайын азайып баратырғанында.
Мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың басында қорғаныў министрлиги әскерлер менен роботлардан дүзилген бөлимлерди сынақтан өткерген. Нәтийжелерге қарағанда, миналарды анықлаў, зыянсызландырыўда дронлар, ушыўшысыз басқарылатуғын бақлаў қурылмалары менен роботлардан пайдаланыў адамларға қарағанда бирқанша қолайлы екени белгили болған.
Мәселен, жерде ҳәрекетленетуғын бақлаў машинасы 500-600 әскердиң хызметин бир өзи атқарады. Ал «K9 Thunder» гаубицаларындағы туреллерди (пулемёт пенен киши калибрли автоматлар орнатылған қурылма) толық автоматластырыў 2 мың әскердиң орнын басады. Әскерий инженерлердиң мағлыўматына қарағанда, бундай автоматластырылған қуралды ислеп шығарыўға 3 жыл ўақыт жумсалады екен.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Қубла Корея демографиялық кризисти бастан кеширмекте. Мәмлекет халқының саны 50 миллионға шамалас. БМШның прогнозларына қарағанда, 2050-жылға барып кореецлердиң саны 10 миллионға азаяды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

Қоңыратта 13 бас кийик аўлаған браконьерлер усланды

    Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен