
26-май сәнесинде Қанлыкөл районында «Этно Караван Сарай» мәдений фестивалы өткерилгенлиги ҳаққында хабар берген едик. Фестиваль даўамында қатнасыўшылар районның итибарға ылайықлы орынларында болды. Булардың бири жақында ашылған 90-жыллар музейи болып, фестиваль қатнасыўшылары өткен әсирдиң соңғы жылларында ата-бабаларымыз пайдаланған жәми 800 ге жақын экспонатлар, электро техникалық қурылмалар (телевизор, компьютер, калькулятор, магнитофон, фотоаппарат, телефонлар, авто ручкалар ҳ.т.б) ҳәмде 90-жыллардағы почта хызмети менен танысты. Ҳәттеки, айырым қатнасыўшылар бул жердеги почта хызметинен пайдаланып «Қанлыкөл» маркасындағы открыткалар арқалы Мойнаққа хат жоллады. Почтальон бул хат 3-4 күнде өз мәнзилине жететуғынлығын айтып өтти. Хат мәнзилине жетермекен? Бул ҳаққында кейинги мақалаларымызда сөз етемиз.




Сахибжамал Есемуратова