Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.06.2018 15:39
  • 1173

«Екини ҳәзирше өзимниң журналыма қойып тураман».Муғаллимлердиң ең көп қолланатуғын сөзлери

«Екини ҳәзирше өзимниң журналыма қойып тураман».Муғаллимлердиң ең көп қолланатуғын сөзлери


«Устаз жолы» газетасының 2018-жыл 26-май күнги санында журналист Қундыз Жумағалиеваның усы атамадағы материалы жарық көрген. Оқып, мектеп дәўирлеримизди, колледж ҳәм лицейлерде, жоқары оқыў орынларында оқыған бийтәшўиш, «алтын мәўрит»леримизди еске алдық. Сиз де оқып көриң!

«Егер сен сондай ақыллы болсаң, мениң орнымда турып сабақ өт, мен сениң орныңда отырып күлейин».
«Ким тахтаға шығады, қолын көтерсин».
«Мен күлкили не айттым, ҳәммеге айт, бирге күлейик».
«Ырас оқыдың ба, исенбеймен».
«Басыңды үйиңде умытып қалдырмадың ба!?»
«Сени бул билимиң менен 1-класқа отырғызыў керек».
«Ертең мектепке ата-анаң менен бирге келесең».
«Екини ҳәзирше өзимниң журналыма қойып тураман».
«Үйге тапсырмаға ҳеш ким жуўап бермейди екен, онда журналды ашаман ҳәм дизим бойынша шақыраман».
«Сизлер неге бирге отырыпсыз, сөйлесиў ушын ба?»
«Отырың, қоңыраў сизлерге емес».
«Сен жоқта класта сондай зор тынышлық болған еди».
«Ким нәўбетши, неге тахта сыпырылмаған?»
«Аўзыңызды жаўып, дәптериңизди ашың».
«Отыз жыл оқытып, бундай тәртипсиз класс көрмедим».
«Саған не, айрықша мирәт керек пе?»

Бул сөзлерди муғаллимлер кимге ҳәм не ушын айтқанын өзлери жақсы биледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

    Организмде суў дәрежеси жетерли екенлигин анықлаў ушын әпиўайы тест бар. Қол терисин әсте шымшып, соң