
Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грант жәрияланған еди. 2018-жылдың 15-мартынан 20-апрелине шекем жәрияланған мәмлекетлик грант жуўмағына муўапық, Өзбекстан бойынша жәми 45 мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкем жеңимпаз болды. Грант «Сырт ел ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында жоқары ҳуқықый сананы, инсан ҳуқықлары мәдениятын, жәмийетлик қадағалаўдың инновациялық форма ҳәм механизмлерин кең түрде үгит-нәсиятлаў» бағдарында болып, онда Қарақалпақстаннан 4 газета редакциясының жойбарлары мақулланды.
Олардан «Шыпакер» газетасының редакциясы «Уллы мақсетлерге умтылыўшылар» жойбары, «Қанлыкөл хабарлары» газетасы редакция жәмәәти «Саналы ҳәм ҳуқықый саўатлы инсан жәмийет таянышы» жойбары, «Тараққиёт кўзгуси» газетасы жәмәәти «Нызам ҳүжжетлери – жәмийетшилик итибарында» жойбары ҳәм «Саза» шаңарақ журналы редакциясы «Билим – күш» жойбары менен қатнасып, жеңимпаз деп табылды.
Сахибжамал Есемуратова