Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2018 09:50
  • 1762

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына квоталар көбейтилди ме?

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына квоталар көбейтилди ме?

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына келеси 2018-2019-оқыў жылы ушын қабыллаў квоталары тастыйықланды. Барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы бул дәргайда да усы жылдың 16-июнь күнинен баслап қабыллаў комиссиясы өз жумысын баслады.
2018-2019-оқыў жылы ушын филиалда «Көркем өнертаныў: сахна ҳәм экран көркем өнер драматургиясы», «Актёрлық өнери: драма театры ҳәм кино актёрлығы өнери», «Режиссёрлық: қуўыршақ театр режиссёрлығы», «Техноген көркем өнери: кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы», «Кинотелеоператорлық», «Халық дөретиўшилиги: вокал жәмәәтлерине басшылық», «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» ҳәм «Мәлимлеме китапхана жумысы: китапханашылық ҳәм библиография» бағдарлары бойынша абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланбақта.
Келеси оқыў жылы ушын жәми 95 студент, соннан 27 мәмлекетлик грант, 68 төлемли контракт тийкарында студентлерди қабыллаў режелестирилген.
Еслетип өтемиз, быйылдан баслап филиалға студентлер тек ғана дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар арқалы қабыл етиледи.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда