Telegram karinform

Экономика

  • 27.06.2018 12:26
  • 1966

Қанлыкөл районының жергиликли бюджет параметрлери

Қанлыкөл районының жергиликли бюджет параметрлери

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги рәсмий сайтының хабар бериўинше, районның жергиликли бюджети 41 млрд 078,6 млн сўм муғдарында тастыйықланды. 2018-жыл районлық бюджеттиң дәраматлар бөлеги жәми 41 млрд 078,6 млн сўм муғдарында белгиленип, соннан жергиликли бюджеттиң дәраматлар бөлеги 10 млрд 810,3 млн сўмды қурап, Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен өткерилип берилетуғын дәраматлар бөлеги 30 млрд 268,3 млн сўмды қурады. Бунда бюджет қәрежетлериниң социаллық тараўларға бағдарланғанлығы 2018-жылда да сақланып қалынды ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға үлкен итибар қаратылды.
Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы бюджетиниң 2018-жылдың 1-шереги даўамында дәраматлар бөлеги режеси 1106,1 млн сўм болып, ҳақыйқатта түскен түсим 1641,0 млн сўмды қурады ҳәм реже 148,4 % орынланды, яғный бюджетке 534,9 млн сўм артық қаржы түсирилди.
2018-жылдың 1-шереги даўамында, районның жергиликли бюджетине 7870,8 млн сўм мақсетли социаллық трансфертлер биринши нәўбетте төлениўи тийис болған төлемлер, яғный халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, халық билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери хызметкерлериниң ис ҳақы ҳәм бирден-бир социаллық төлемлерин қаржыландырыўға жумсалды.
Район бюджетиниң қәрежетлер бөлеги режедеги 10 866,1 млн сўм орнына 10 575,8 млн сўм сарпланып, реже 97,3 % орынланды.
Район бюджетиниң қәрежетлер бөлеги тийкарынан социаллық мәдений тараўға сарпланып, бул тараўға режедеги 9273,7 млн сўм болып, ҳақыйқатта 9098,2 млн сўм сарпланып, реже 98% ке орынланды, соның ишинде, халық билимлендириў тараўына режедеги 6520,3 млн сўм, ҳақыйқатта 6402,6 млн сўм сарпланып, реже 98% ке орынланды.
Денсаўлықты сақлаў тараўына режедеги 2477,7 млн сўм орнына, ҳақыйқатта 2423,9 млн сўм сарпланып, реже 98% ке орынланды.
Мәденият тараўына режедеги 275,7 млн сўм орнына ҳақыйқатта 271,7 млн сўм сарпланып, реже 98,5% ке орынланды.
Мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларына 1116,6 млн сўм жумсалды, яғный 1006,9 млн сўм режелестирилип 90% ке орынланды.
Экономикалық тараўға режедеги 475,7 млн сўм орнына ҳақыйқатта 470,6 млн сўм сарпланып, реже 99% ке орынланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарарына тийкар 2018-жылдың 1-шереги даўамында 14 жасқа шекемги балалары бар шаңарақларға 347,8 млн сўм, 2 жасқа шекемги балалары бар аналарға 615,6 млн сўм напақа пуллары ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға 300,7 млн сўм жәрдем пуллары ажыратылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...

Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

    «Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-402-санлы, 22.11.2024) қабыл етилди.