Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.06.2018 11:31
  • 1836

Тест онлайн болмайды, процесс онлайн көрсетиледи

Тест онлайн болмайды, процесс онлайн көрсетиледи

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев жәмийетшилик арасында быйылғы жылғы тест сынақларындағы өзгерислер бойынша келип шығып атырған түсиниксизликлерге анықлық киргизип өтти.
- Көпшилик быйылғы жылы тест сынақлары онлайн болып өтеди, компьютерде тапсырылады, тест жуўмақланғаннан кейин нәтийжесин билип кетиў мүмкин болады екен, деген мазмундағы гәплер жүргенлиги ҳәммемизге белгили. Усы орында быйылғы тест процесиндеги өзгерислер ҳаққында айтқанда, усы мәселеге және бир мәрте түсиник берип өтпекшимен.
Быйылғы жылы тест сынақлары онлайн формада – компьютерде тапсырылмайды. Әдеттегидей тәризде сораўлар бети ҳәм жуўаплар бети арқалы әмелге асырылады. Абитуриентлер сораўларға жуўапларды жуўаплар бетиндеги шеңберлерди бояў арқалы белгилейди. Тест нәтийжелери тест болып өткен күнниң ертеңине Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz сайтында жәрияланады.
Тест онлайн болмағаны менен, тест процесиниң өтиўи ата-аналар ҳәм басқа да бақлаўшылар ушын онлайн тәризде көрсетип турылады, - деди Музаффар Абдуллаев.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын