Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.07.2018 09:38
  • 1945

Мийнет ҳақы, стипендия ҳәм пенсиялар 1,07 есеге көбейтилди

Мийнет ҳақы, стипендия ҳәм пенсиялар 1,07 есеге көбейтилди

2018-жылдың 15-июль сәнесинен баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар муғдары орташа есап пенен 1,07 есеге көбейтиледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қол қойған пәрманда атап өтилген, деп жазады Kun.uz.
Мәмлекет басшысы тастыйықлаған ҳүжжетке муўапық, буннан былай Өзбекстан Республикасында ең кем:
Мийнет ҳақы – айына 184 300 сум;
Жасқа байланыслы пенсиялар – айына 360 460 сум;
Балалықтан майыпларға берилетуғын пенсия – айына 360 460 сум;
Зәрүрли мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын пенсия айына 221 190 сум муғдарында етип белгиленди.
Мийнет ҳақы ҳәм пенсияларға қосылатуғын үстеме ҳәм қосымша ҳақылардың барлық түрлери, ең кем мийнет ҳақыға салыстырғанда белгиленген компенсация ҳәм басқа төлемлер 2018-жылдың 15-июлынан баслап усы пәрманда белгиленген ең кем мийнет ҳақы муғдарынан келип шығып әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген