
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 17-июльдағы қарары тийкарында елимизде жер үсти аналоглы телебағдарламаларды тоқтатыў кестеси тастыйықланды. Кестеге муўапық, Қарақалпақстан Республикасында жер үсти аналоглы телебағдарламалар 2018-жылдың 10-сентябрь күнинен баслап, алыс ҳәм жетиў қыйын болған посёлкаларда болса 2018-жылдың ноябрь айынан баслап тоқтатылады. Бундай посёлкалардың турғынлары миллий телеканалларды жасалма жолдас арқалы тамашалаўы мүмкин болады.
Сахибжамал Есемуратова.