Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.07.2018 11:15
  • 2123

Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының рейтинги ислеп шығылды. ҚМУ ҳәм НМПИ рейтингде нешинши орында?

Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының рейтинги ислеп шығылды. ҚМУ ҳәм НМПИ рейтингде нешинши орында?

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Өзбекстандағы ЖООлардың рейтингин ислеп шықты.
Рейтинг раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси ҳәм QS, ARWU, TIME сыяқлы белгили рейтинг агентликлериниң усылларына сүйене отырып дүзилди. Жоқары оқыў орынлары жәми 23 индикатор тийкарында баҳаланды.
Март-июнь айларында 57 жоқары оқыў орнының жумыслары анализленди ҳәм тәжирийбе-сынақ формасында рейтинг ислеп шығылды.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Өзбекстандағы күшли онлықтағы ЖООлар дизиминде көринбейди.

Оларға төмендегилер киргизилген:
1. Өзбекстан миллий университети;
2. Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты;
3. Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты;
4. Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институты;
5. Самарқанд мәмлекетлик университети;
6. Ташкент медициналық академиясы;
7. Ташкент мәмлекетлик стоматологиялық институты;
8. Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети;
9. Ташкент темир жол транспорты инженерлери институты;
10. Ташкент информациялық технологиялар университети.

Бул рейтингниң ең төменги онлығында да Қарақалпақстандағы ЖООлардың аты аталмаған. Демек, Қарақалпақстандағы ЖООлардың көрсеткиши орташа дәрежеде деп есаплаўымыз мүмкин.

Соны айрықша атап өтиў керек, рейтинг тек ғана бир бағдарда емес, социаллық-гуманитар, техника, технология, қурылыс, көркем өнер, мәденият, спорт ҳәм медицина тараўлары бойынша да рейтинглер ислеп шығылды.

Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының рейтинги ислеп шығылды. ҚМУ ҳәм НМПИ рейтингде нешинши орында?

Социаллық-гуманитар тараўлар бойынша жәрияланған рейтингде жәми 26 ЖООлар арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университети күшли онлыққа кирген – 40,42 балл менен 9-орын. Ал Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты усы рейтингде 35,77 балл менен 19-орынды бәнтлеген.

Илимий потенциалы бойынша ӨзМУ 53,1% лик көрсеткиш пенен биринши орында турған болса, Қарақалпақ мәмлекетлик университети бул көрсеткиш бойынша 30,8%, ал Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 29,6% лик көрсеткишке ийе болған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы