Усы жыл 31-июльден 21-августқа шекем Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан Республикалары бойлап «Музлықлардан Арал теңизине шекем» экспедициясы шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында centrasia.ru сайты хабар бермекте., деп жазады ӨзА.
Бир қатар абырайлы халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң арнаўлы жойбарлары тийкарында шөлкемлестирилип атырған экспедицияға жас қәнигелер, магистрантлар, докторантлар, профессор оқытыўшылар және журналистлер тартылатуғыны белгиленген.
Экспедиция суў секторы бойынша жас қәнигелердиң ҳәр қыйлы тематикалардағы материалларына ҳәм жумысына тийкарланады.
Экспедицияға қатнасыўды қәлеген журналистлер ушын таңлаў жәрияланған. Таңлаўдан өткен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери экспедицияның принциплерин кеңнен сәўлелендирип барады.
Экспедиция өз жумысын Қазақстан Республикасының Алмата қаласынан баслап, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан таўлары арқалы Арал теңизиниң жағалаўларына шекем 3 ҳәпте даўам етиўи нәзерде тутылған.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz