Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.07.2018 11:48
  • 1776

Халықты ең көп қыйнап киятырған шөлкемлер қайсылар?

Өзбекстан Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў федерациясы мүрәжатларды үйрениў бойынша 2018-жылдың өткен 6 айлығы даўамындағы мағлыўматларды жәриялады, деп жазады ӨзА.
Көрсетилген дәўирде Федерация ҳәм оның аймақлық структуралары ҳәм районлық (қалалық) жәмийетлерине тутыныўшылардан жәми 6 713 мүрәжат келип түскен.
Бул арза ҳәм шағымлар саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2171 ге көбейгенлиги бақланды.

Халықты ең көп қыйнап киятырған шөлкемлер қайсылар?

Халық тәрепинен усы көрсетилген дәўирде федерация ҳәм оның аймақлық бөлимлерине етилген мүрәжатлар тараўлар кесиминде анализленгенде тутыныўшылардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилик бөлими:

- саўда тараўына – 1983 (жәми арзалардың 29,5%);
- тәбийғый газ тәмийнаты тараўына 1425 (жәми арзалардың 21,2%);
- электр тәмийнаты тараўына 1038 (жәми арзалардың 15,5%);
- суў тәмийнаты тараўына 450 (жәми арзалардың 6,7%);
- коммуналлық хызмет көрсетиў тараўына 331 (жәми арзалардың 4,9%);
- байланыс тараўында 203 (жәми арзалардың 3%);
- транспорт тараўына 183 (жәми арзалардың 2,7%);
- денсаўлықты сақлаў тараўына 151 (жәми арзалардың 2,2%);
ҳәм басқа тараўларға 949 (жәми арзалардың 14,1%) арза ҳәм шағымлар тийисли болды.
Анализлер соны көрсетеди, жәмийетте жүз берип атырған өзгерислер себепли халықтың ҳуқықый саўатлылық дәрежеси өсип, нызамлы ҳақ-ҳуқықларын билип мүрәжат етиў мәденияты қәлиплеспекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен