Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2018 15:19
  • 1746

Енди үйде отырып мийнет етип атырған ҳаял-қызларға да мийнет дәптершеси ашылады

Енди үйде отырып мийнет етип атырған ҳаял-қызларға да мийнет дәптершеси ашылады

Бул ҳаққында Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети тәрепинен елимизде ҳаял-қызларға байланыслы бирнеше мәселелер, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға арналған баспасөз конференциясында айтып өтилди, деп жазады ӨзА.
Конференцияда ҳәзирги ўақытта республикада 59 мың ҳаял аўыр социаллық жағдайда жасап атырғаны, оларды турақ жай, жумыссызлық сыяқлы машқалалар қыйнап киятырғаны атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Танзила Нарбаева өз сөзинде усы машқалаларға айрықша тоқталған.
- Ҳүрметли Президентимиз ҳаял-қызлар мәселесине байланыслы бирнеше қарарлар, пәрманларды тастыйықлады. Олардың нәтийжесинде енди үйде отырып мийнет етип атырған ҳаял-қызлар да нызамлы түрде мийнет стажына ийе болыўы мүмкин. Ҳеш бир мәмлекетте бундай жеңиллик жоқ. Мәселен, үйде 20-30 таўық бағып ямаса қыйтақ жеринде мийнет етип атырған ҳаял-қызларға да мийнет дәптершесин ашыў мүмкин. Оларға 4-7% лик кредитлер берилмекте. Жақында системамызда 11-46 санлы бирден-бир исеним телефоны иске қосылады. Аўыр социаллық жағдайға түскен, кимнендур қыйыншылық көрген, турмыста қыйналып атырған ҳаял-қызлар усы телефон номерине қоңыраў етиўи мүмкин. Оларға тәжирийбели қәнигелер тәрепинен жәрдем бериледи, мүрәжатлардың ийеси сыр сақланыўы кепилленеди, - деди Т.Нарбаева.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...