Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2018 13:46
  • 1933

Китап оқыўдың 21 пайдасы

Китап оқыўдың 21 пайдасы

Ҳәммемиз китап оқыўдың пайдалы екенлигин еситкенбиз. Бирақ, оның пайдалылығы неде? Китап оқыўдың пайдалылығы бойынша изертлеў жумысларының нәтийжеси менен танысың.

1. Китап оқыў нервты тынышландырады.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

Нервты тынышландырыў ушын әтирап-дөгеректе айланыўды абзал көресиз бе? Сассекс университетиниң алымлары буның орнына китап оқыўды усыныс етеди. Китап оқыў нервты тынышландырыўда ең жақсы усыл екен. Буның ушын алты минут китап оқыў жеткиликли.

2. Китап оқыў уйқысызлықтан қутылыўға жәрдем береди.

Тынышланыў ҳәм уйқлаўға жәрдем беретуғын ең жақсы усыл китап оқыў. Телевизор ямаса телефоннан тарқалып атырған нур мийге ояныў керек екенлиги ҳаққында сигнал жибереди. Китап оқыў болса керисинше тәсир етеди – мий уйқлаў ўақты болғанлығын түсинеди.

3. Китап оқыў кеўилди жумсартады.

Китап оқыў процесинде оқыўшы қаҳарманлар менен бирге болып, олардың қуўаныш ҳәм тәшўишлерине шерик болады. Изертлеўлерден белгили болғанындай, көркем әдебиятты оқыған адам турмыста да басқаларды сезимлерин жақсы түсинеди екен.

4. Китап оқыў мийдиң искерлигин жақсылайды.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

Эмори университетиниң алымлары китап оқыған адамның ақылый дәрежеси бир неше күн даўамында жоқары болатуғынлығын дәлийлледи. Изертлеўдиң авторлары китап оқыў мийдеги нерв клеткаларының санын арттырыўын айтып өткен.

5. Китап оқыў түскинликке қарсы гүресиўге жәрдем береди.

Шотландиялы алымлардың изертлеўлерине қарағанда, китап оқыў түскинликти емлеўдиң ең нәтийжеси қуралы. Түсинликке түскен кеселлер китап оқыўды баслағаннан соң олардың түскинликке түсиў жағдайлары кемейген.

6. Китап оқыў инсанды сулыў қылады.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

Жоқары дәрежедеги ақылый искерлик инсанның сыртқы көринисин де гөззал етеди. Ҳәр қандай темада қызықлы сәўбетлесиў ҳәм өз билимин көрсетиў сәўбетлесиңниң меҳирин оятыўға жәрдем береди.

7.Китап оқыў турмыстағы мақсетти аңлаўға ҳәм қыйыншылықларды жеңиўге жәрдем береди.

Огайо штаты университетиниң алымлары инсан қанша көп китап оқыса, турмыс жолын соншелли анық таңлаўын айтып өтпекте. Китап оқыў турмыстағы тосықларды жеңиўге де жәрдем береди.

8. Китап оқыйтуғынлар турмыста актив болады.

Көркем өнер миллий фонды тәрепинен өткерилген изертлеўлер китап оқыйтуғын инсанлар мәдений ҳәм социаллық турмыста да белсене болыўын дәлийлледи.

9. Китап оқыў есте сақлаўды ҳәм пикирлеў қәбилетин жақсылайды.

Ҳәр сапары китап оқығанда мий актив ислейди. Ол қабылланып атырған мағлыўматты сақлаў ушын жаңа клеткаларды жаратады. Изертлеўлерде анықланыўынша, турақлы түрде китап оқыйтуғын инсанларды пикирлеў қәбилети басқаларға салыстырғанда әстен пәсейеди.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

10. Китап оқыў сөз байлығын арттырады.

Китап оқып атырған ўақытта бийтаныс сөзлер де ушырап турады. Олардың мәнисин улыўма мазмуны арқалы да түсинип алыўға болады. Китап оқыў тек ғана сөз байлығын арттырып ғана қоймай, улыўмалық саўатлылықты да жетилистиреди.

11. Китап оқыў жазыўшылық қәбилетти раўажландырады.

Китап оқыў процесинде автордың жазыў усылы да оқыўшыға тәсир көрсетеди. Музыка тыңлаў процесинде музыканттың усылы тыңлаўшыға өткени сыяқлы жазыўшының усылы да оқыўшының жазыў усылына тәсир етеди.

12. Китап оқыў шет тилин үйрениўди аңсатластырады.

Турақлы түрде китап оқыў басқа тиллерди үйрениўде жаңа сөзлерди аңсат түсиниўге ҳәм ядта сақлап қалыўға жәрдем береди.

13. Китап оқыў тыңлаў қәбилетин раўажландырады.

Қаншелли ерси түйилмесин, китап оқыў тыңлаў қәбилетин жақсылайды. Басқаларды аңсат түсиниўге жәрдем береди. Бул әсиресе, китапты даўыс шығарып оқығанда және де нәтийжели болады.

14. Китап оқыў дөретиўшилик қәбилетти раўажландырады.

Обафеми Аволау университетиниң педагоглары басланғыш класс оқыўшыларының шынығыўшыларына темалы комиксларды киргизгенинде, сүўретлер ҳәм сөзлердиң араласыўы балалардың дөретиўшилик қәбилетин арттырыўы анықланды.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

15. Китап оқыў Альцгеймер менен кеселлениўдиң алдын алады.

Бир қатар изертлеўлерден белгили болғанындай, көп китап оқыған адамлар Альцгеймер кеселлиги менен кем аўырады. Мий де басқа ағзалар сыяқлы қоллап-қуўатлаў ҳәм шынығыўлар жәрдеминде беккемлениўге мүтәж болады. Китап оқыў ең нәтийжели усыл.

16. Биргеликте китап оқыў ата-аналар ҳәм балалардың өз-ара мүнәсибетлерин жақсылайды.

Психологлар биргеликте китап оқыў процесинде ата-аналар ҳәм балалар ортасында өзине жараса мүнәсибет орнатылады деп есаплайды. Олардың айтыўынша, бундай мүнәсибет биргеликте телевизор көргенде пайда болмайды.

Китап оқыўдың 21 пайдасы


17. Китап экономикалық қыйыншылықларды шешиўде жәрдем береди.

Статистикалық мағлыўматларға муўапық, улыўма китап оқымағанлардың 43 проценти жетиспеўшиликте жасайды. Саўатлы адамлардың ишинде жетиспеўшиликте жасайтуғындары 4%ти қурайды.

18. Көп китап оқыйтуғын балалар сабақларды жақсы өзлестиреди.

Изертлеўлерде анықланыўынша, китап оқыўды жақсы көретуғын балалар мектепте де жақсы оқыйды. Олар грамматиканы да, математиканы да жақсы түсинеди.

19. Китап оқыў жыянатшылықтың алдын алады.

Өткерилген изертлеўлерде белгили болғанындай, қамақта өзиниң саўатлылығын арттырған жыянатшылар азатлыққа шыққанынан соң басқа жыянатларға 30% кем қол урады.

Китап оқыўдың 21 пайдасы

20. Китап оқыў жақсы сөйлеўге жәрдем береди.

Инсан китапты қанша көп окыса, айтып бериў қәбилети де соншелли жақсыланады. Керек болмаған гәплерди кем айтып, кереклерин жақсырақ жеткереди.
21. Китап оқыў жақсылық ислеўге ийтермелейди.

Белсенди китапқумарлар қайыркомлық жумыслары менен басқаларға қарағанда үш мәрте көбирек шуғылланады. Китап оқыў инсанларға жәрдем қолын созыўға ийтермелейди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

    Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде

Физикалық имканияты шекленбегенлер ушын өмир бәндиргиси

Физикалық имканияты шекленбегенлер ушын өмир бәндиргиси

    Өмир - бул басып өткен жолымыз, тарыйхымыз, ертеңги киятырған нурлы келешегимиз ҳәм имканиятларға толы бүгинги