Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.08.2018 13:39
  • 2006

Өзбекстанда пенсиялардың муғдары көбейтиледи

Өзбекстанда пенсиялардың муғдары көбейтиледи

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниң додаланыўы порталында Президенттиң «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды, деп жазады Daryo.uz.

Қарарда төмендегилер усыныс етилди:

- пенсияларды ең кем мийнет ҳақының 8 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда көбейтиў, бул тәртипти алдын тайынланған пенсияларған да енгизиў;

- еркеклер ушын 35 жыл, ҳаяллар ушын 30 жыллық мийнет стажынан кейин ислеген ҳәр бир жылы ушын ең кем мийнет ҳақының 10 проценти муғдарында үстеме төлеў;

- 54 жасынан пенсияға шығыў ҳуқықы болған ҳаяллар улыўма белгиленген жаста пенсия рәсмийлестирген жағдайда оларға ең кем мийнет ҳақының 10 проценти муғдарында үстеме белгилеў;

- тийисли мийнет стажына ийе болмаған қарыялар ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға төленип атырған пенсия сыяқлы, III топар майыплары ушын да пенсия тайынлаў;

- тийисли мийнет стажына ийе болмаған пуқараларға мәмлекетлик пенсияларды есаплаўда стажының ҳәр бир жетиспей атырған айы ушын қамсызландырыў төлемлери суммасын бир мәртелик тәртипте төлеў;

- жумыс ислеўши еркектиң (ҳаялдың) дәраматлары есабынан жумыс ислемей атырған шаңарақ ағзалары ушын ықтыярлы түрде ҳәр бир ай ушын ең кем айлық мийнет ҳақы муғдарында қамсызландырыў төлемлерин төлеў;

- физикалық шахслардың топланып барылатуғын есап бетлерине өткерип барылатуғын қаржылар есабынан аралық бонуслы пулы төлемлер схемаларын қолланыў;

- пенсия тайынлаў ушын талап етилетуғын минимал стаж даўамлылығын 2020-жылдан баслап бир жылдан көбейтиў, талап етилген ең кем мийнет стажын 10 жылға жеткериў;

- пенсия жасын басқышпа-басқыш арттырыў.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

    Бас айланыўы Бас айланыўы ҳәм кеўил айныўы спиртли ишимликлер, қант муғдарының пәсейиўи ҳәм суўсызланыў тәсиринде

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде