Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.08.2018 11:17
  • 1647

2019-жылдан баслап биологиялық ериўшең пакетлер ислеп шығарылады

2019-жылдан баслап биологиялық ериўшең пакетлер ислеп шығарылады

Турмыслық шығындылар менен байланыслы мүрәжатларды қабыл етиўши @Uzwastebot системасы иске қосылды.
Республикалық Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетинде шөлкемлестирилген конференцияда Информациялық-коммуникациялық технологияларды раўажландырыў секторы баслығы Руслан Якубов жаңа система ҳаққында толық мағлыўмат берди:
- Енди пуқараларымыз турмыслық шығындылар менен байланыслы шағымларды Телеграм мессенджеринде жумыс алып барып атырған @Uzwastebot системасына фото, аудио, видео көринисиндеги хабарларды 24 саат даўамында жоллаўы мүмкин. Бул мүрәжатлар бирден-бир системаға келип түседи ҳәм шешиў илажлары көриледи. Системаның абзаллықлары: пуқаралар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларда әшкаралықты тәмийинлейди ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын орнатады.
Интернет тармағы болмаған шетки аймақларда жасайтуғын халық ушын да қолайлықлар жаратылған. Олар комитеттиң (071) 236-26-66 исемин телефонына қоңыраў етиўи мүмкин. Сондай-ақ, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң рәсмий веб-сайты – my.nature.uz сайтында бирнеше жаңа функциялар пайда болды. Олардың бири республикадаға барлық шығындыханалардың орналасыўы ҳаққындағы электрон мағлыўматлар базасы қәлиплестирилди. Карта арқалы жасап атырған аймағыңызда қанша шығындыхана шақапшасы бар екенлигин билип алыўыңыз мүмкин, - деп жазады оның сөзлеринен үзинди келтирип Kun.uz.
Илаж даўамында және бирнеше тараўға байланыслы жаңалықлар, статистикалар көрсетип өтилди. Соның ишинде, 2019-жылдан баслап биологиялық ериўшең пакетлер ислеп шығарыў жолға қойылады. Бунда Қубла Кореяның «Poscodaewoo» компаниясы ҳәм полиэтилен пакетлер ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалар арасында шәртнама дүзиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...