Telegram karinform

Экономика

  • 11.08.2018 15:02
  • 2186

Өзбекстанда пахта теретуғын машиналар жетиспейтуғынлығы айтылмақта

Өзбекстанда пахта теретуғын машиналар жетиспейтуғынлығы айтылмақта

«Өзагротехсанаатхолдинг» компаниясы Өзбекстанда 2018-2021-жылларда аўыл хожалығы машина өндириси тараўын раўажландырыў концепциясы жойбарын усынды. Ҳүжжет пенен Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында танысыў мүмкин, деп жазады Kommersant.uz сайты.
Компания аўыл хожалық машина өндириси базарының жағдайына анықлық киргизе отырып, мәмлекетте қолланылып атырған техникалардың санын келтирип өтти.
Мәселен, 150,5 мың техникадан 57 822 си трактор, 3 608 и бийдай оратуғын комбайн, 1 224 и пахта териў машинасы ҳәм 1 738 и от-жем оратуғын техниканы қурайды.
Бунда 150,5 мың техникадан дерлик 83 мыңы гөнерген, бул болса жойбар ислеп шығыўшыларының пикиринше, агротехникалық жумысларды өткериў мәўсиминде техниканың жетиспеўшилигин келтирип шығарады.
Жағдай анализленип, аўыл хожалық ислеп шығарыўшылары 100 670 дана қосымша техника, соннан 26 139 трактор, 34 605 прицеп, 1 149 бийдай оратуғын комбайн, 3 080 пахта териў машинасына мүтәж екенлиги анықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин

Өзбекстанда шахстың разылығысыз оны фото ҳәм видеоға алыў қадаған етилиўи мүмкин. Бул бойынша нызам жойбары жәмийетшиликтиң...