Усы жылдың 15-август күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық «Туран» стадионында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Zoʻr TV» телеканалы тәрепинен гала-концерт шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында KRuz.uz сайты
хабар бермекте.
Гала-концертти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашып берди.
Концертте қарақалпақ эстрада жулдызлары менен биргеликте О.Назарбеков, Г.Мамазоитова, Райҳона, Шаҳзода, У.Раҳматуллаев, Шерзодбек, Фарҳод ҳәм Ширин, Машҳурбек, Ж.Позилжонов, «Дурдона» топары ҳәм «The Cover up» жойбарының қатнасыўшылары тәрепинен жаңлаған ҳәр қыйлы қосықлар жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады.
Сондай-ақ, гала-концерт шеңберинде қарақалпақ эстрада жулдызлары ҳәм «Zoʻr TV» телеканалының дөретиўшилик жәмәәти ўәкиллери менен футбол шоусы өткерилди.
Мағлыўматта жазылыўына қарағанда, усы күни «Туран» стадионына 10 мыңнан аслам пайтахтымыз турғынлары ҳәм мийманлары тамашалаў ушын барған.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың 25-июль – 15-август күнлери аралығында «Zoʻr TV» телеканалының 18 ең ири көрсетиў ҳәм жойбарлары Қарақалпақстан Республикасында сүўретке алынды. Гала-концерт усы илажлардың жуўмағы сыпатында шөлкемлестирилген еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz