Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.08.2018 18:16
  • 1430

Быйыл Қанлыкөл районынан 157 абитуриент студент болыў бахтына еристи

24-август күни Қанлыкөл районында Халық билимлендириў мекемелери хызметкерлериниң дәстүрий август кеңеси мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Быйыл Қанлыкөл районынан 157 абитуриент студент болыў бахтына еристи

«Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары» талаплары тийкарында жаңа оқыў бағдарламаларының енгизилиўи, педагогикалық технологиялардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша 2017-жыл 16-август күни пән секцияларында жумыс алып барыўшы 32 педагог-тренерлер Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланып, дәстүрий август кеңеси мәжилисинде райондағы 27 секциядағы жумысларда жәми 1144 педагог хызметкерлер қатнасты ҳәм 2017-2018-оқыў жылында ерисилген жетискенликлер, орын алған кемшиликлер көрип шығылды ҳәм 2018-2019-оқыў жылында билим бериў сапасын арттырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Быйыл Қанлыкөл районынан 157 абитуриент студент болыў бахтына еристи

2017-2018-оқыў жылында районлық халық билимлендириў мәкемелери хызметин методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлимине қараслы 23 улыўма билим бериў мектеплеринде 7372 оқыўшыға 1005 муғаллим тәлим-тәрбия берди, өткен оқыў жылында район көлеминде жәми 15 оқытыўшының, Қарақалпақстан Республикасы көлеминде 13 оқытыўшының сабақ исленбеси ен жайдырылды.

Быйыл Қанлыкөл районынан 157 абитуриент студент болыў бахтына еристи

Усы жылы Қанлыкөл районынан жәми 157 оқыўшы жоқары оқыў орынларының студенти болыў бахтына миясар болды.
Қанлыкөл районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы билимлендириў мәкемелеринен 2017-2018-оқыў жылында ерискен жетискенликлери ҳәм мийнет жолындағы пидайы жемислери баҳаланып, бир қатар пән муғаллимлерине район ҳәкиминиң «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.

Быйыл Қанлыкөл районынан 157 абитуриент студент болыў бахтына еристи

Сондай-ақ, район аймағындағы жоқары оқыў орнына кирген абитуриентлердиң ата-аналарына «Қутлықлаў» ҳәм естелик саўғалары инәм етилди.
2018-жыл жоқары оқыў орынларын питкерген 36 питкериўши өз қәнигеликлери бойынша улыўма билим бериў мектеплерине жоллама алды.
Мәжилис районлық мәденият хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко