Усы жылдың 10-14-август күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Алматы қаласында 2006-2007-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында спорттың бокс түри бойынша Олимпияда чемпионы Бекзат Саттархановтың естелигине арнап Алмата қаласының ашық турнири болып өтти. Бул ҳаққында Шымбай районы ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.
Турнирге Иран, Россия, Қырғызстан, Тәжикстан, Өзбекстан Республикаларынан жәми 250ге шамалас спортшылар қатнасты.
Қызғын өткен жарыс жуўмағында 2006-2007-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамындағы Шымбай районы Балалар-өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары 30 кг салмақта Азизбек Маратов, 28 кг салмақта Дәстанбек Пердебаевлар 3-орынларды ийелеп келди.
Бул спортшыларды тәжирийбели тренер-оқытыўшылар Абай Нурыллаев ҳәм Байназар Избасаровлар таярлады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz