Telegram karinform

Экономика

  • 13.09.2018 17:03
  • 1663

Қазақстанда бензин оғада көбейип кетти. Артықша бензин Өзбекстанға экспорт етиледи

Қазақстанда бензин оғада көбейип кетти. Артықша бензин Өзбекстанға экспорт етиледи
Қазақстан басшылығы қоңсылас мәмлекетлерге бензинниң артықша бөлегин жибериўди жобаластырмақта, деп жазады «Деловой Казахстан»ға тийкарланып Kun.uz.
- Октябрь-ноябрь айларында жанар май-майлаў материалларын экспорт етиў айрықша әҳмийетке ийе болады, кери жағдайда Қазақстанда алдын ҳеш қашан болмаған тоқталыўларды әмелге асырыў талап етиледи (заводлардағы арнаўлы қурылмалар). Ҳәзирги ўақытта еки модернизацияланған завод бизге бензин профицитин тәмийинлеп берди. Егер бул 500 мың тонна болса, мәмлекет базары усы өнимге толып кетеди, - деп айтып өтти Қазақстан Республикасы Энергетика министри Қанат Бозумбаев.
Оның айтыўынша, бензинниң ҳәдден тыс көбейип кетиўи Қазақстан жанар май қуйыў шақапшаларында баҳаның орташа 10 теңгеге төменлеўине алып келди. Ҳәзирги ўақытта рәсмий тәреплер жанар май-майлаў материалларын Россия, Қырғызстан, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанға сатыў бойынша келисимлерге қол қоймақта.
Соның менен бирге, Қазақстан шәртнамаларда нәзерде тутылған муғдардан артық бензин сатпайды ҳәм ишки базар бирлемши болып қалады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,